⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЛАЛ

Қарақалпақша

II: лал болыў ф. 1. Ҳәлсиз болыў, күшсиз болыў, ғайратсыз қалыў, димарсыз болыў, қарыўсыз болыў. Қартайғанда ақылым мениң болды лал, Кеўлинде бар ма еди, ғаррым, қыйлы-қал («Алпамыс»). 2. Ойланып қалыў, қайран болыў, тоқтап қалыў. ...тилден қалғандай лал болып, турған жеринде силейип қатты да қалды (А.Бекимбетов). 3. Қорқып сөйлемей қалыў, қорқыў, ҳүрейи ушыў, үндемеў, талып қалыў. Қарақалпақ қызы — батыр Айжамал, Айбатыңнан қорқып жаўлар болсын лал (Ж.Аймурзаев). Хызметин аяса ким туўған елден, Халық алдында жүйрик тили лал болар (И.Юсупов). 0 Лал болып қалыў — үнсиз, сессиз болып қалыў, жансыз болып қалыў, сәррийип қалыў. Дегенде қыздан болып қалды, Кисесине қолын салды (Ш.Артық).