ЛАПЛАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Оттың тез жаныўы, лаўлаўы, бирден алысып кетиўи.
Ажырық бирден лаплап кетти,... («ЕҚ» г.).
2. Денениң қызыўы, ысыўы, жаныўы.
Тула-бойым от болып жанып лаплап баратыр (Ө.Хожаниязов).
3. Қызарып көтерилиўи, ҳалласлаўи.
Оның көз жанары масаладай лаллады (Ө.Хожаниязов).
4. аўыс. Қозыўы, күшейиўи.
Сөйлер жигит муҳаббаттан от шашып, Гәҳий лаплап, гәҳий лаўлап тутасып (Б.Исмайлов).
5. аўыс. Ҳәўижлениў, раўажланыў, алға басыў.
Оң түсликтен Копет таўдан Қум сапырып, Оттай лаплап (И.Юсупов).