ЛЕПИРИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Ҳәўлирип қызыў, толысып тасыў, алып ушыў.
Аналық жүрек әлле нәрселерге лепирип алып ушып тур (Т.Қайыпбергенов).
2. Тасыў, толыў, бурқыў, епкин күшейиў.
Каналда суў астын-үстин лепирип, Айдынында шабақлар секирип (И.Юсупов).
Екеўи дизилисип минди жағаға, Төменде лепирип дәрья ағады (И.Юсупов).
3. аўыс. Қутырыў, ҳаплығыў, елериў, көтерилиў.
Жулкынар байлаўда турған асаўдан, Толқындай лепирип түнерер таўдай (И.Юсупов).