⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЛИНИЯ

Қарақалпақша

ат. 1. Ҳаўадан, жоқарыдан тартылған радио, телефон ҳәм электр токларының сымлары. Электр куўатын беретуғын жоқары вольтлы линиялар далаға қәдем басып барды («ЕҚ» г.). 2. Узынына кеткен туўры сызық. Сызылған линия бойынша жүре басладық («Жеткиншек» г.). 3. Шегара, ернек. Душпанның линиясына шамаласып қалдық («ЕҚ» г.). 4. Дизбек, қатар. Ол да линияға келип турды да қалды («ЕҚ» г.). 5. Жол, қатнас жолы. Ол аўылға усы линия арқалы жүрсеңиз туўры барасыз («ЕҚ» г.). 6. Тәреп, жақ. Линиясы бойынша сизлерге тийисли («Жеткиншек» г.). 7. аўыс. Багыт, бағдар. ...усылардың ҳәммеси партиямыздың бас линиясы еди (газетадан).