ЛЫҚ
Қарақалпақша
лық толыў ф. 1. Бир нәрсениң шымпылдаўы, аўзына келиўи.
Мөқмин халық дым хор болды, Қайғыға иши лық толды (Бердақ).
2. Бир нәрсенин көп болыўы.
Бар еди бурын бәнт болған, Жемиске иши лық толған (Бердақ).
3. Адамдардың көп болыўы, уйлығысыўы.
Лық толып киятырған адамлар ҳеш нәрсеге алаң болмай жүрип кете берди (Қ.Ирманов).
Соның арасында үйдиң иши лық толған бала-шаға қәпелимде шуў етип жыласып қоя берди (Ә.Хожаниязов).