⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЛЫҚЛЫҚ

Қарақалпақша

1. ат. Иштен ерксиз түрде бөлинип-бөлинип шыққан сес. Оны тутқан лық-лық бөлип кетти (Қ.Аралбаев). 0 Лықлық тутыў — дем алдырмай үсти-үстине келген лық-лық. Молла лықлық тутқанаай селк ете қалды (Х.Сейтов). Лықлық етиў — иштеги сестиң шығыўы. Мейирбек: «Мениң лекция оқыўым керек еди, уят болды-аў» деген сөзди лықлық етип зордан сөйледи (Қ.Айымбетов). Лықлық тийиў — иштеги сестиң бөлинип-бөлинип ерксиз тутыўы. Бирден кемпирге лықлық тийип сөйлей алмады.
лық-лық етиў ф. Бир нәрсениң сес шығарып төгилиўи. Шийшедеги майдың қазанға лық-лық етип қуйылғаны Айпараны қайран қалдырды (газетадан).