ЛӘҢКИ
Қарақалпақша
ат. 1. Балалардың аяғы менен теўип ойнаў ушын қорғасынның ортасына жүн өткерилип ямаса шүберекке қатты нәрселер түйилип иеленген зат.
Бизлер ҳәммемиз болып бир ғана ләңки ислеп алдық («Әмиўдәрья» ж.).
2. Балалардың аяқ пенен теўип ойнайтуғын ойыны.
Жайдың алдында ләңки ойнап атырған бир топар балалар көринди (Қ.Айымбетов).