⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

МАЎҚЫ

Қарақалпақша

ат. Тилек, мийир, тойым. Елмурат маўқы басылғанша қыдырды (Ж.Аймурзаев). Таўланып есилип дәрт маўқы басылмағандай жас жиғиттиң көзлери жолда интизар (К.Султанов). 0 Маўқын басыў — мийри қаныў, кумары тарқаў, басылыў. Жылап жийделикке маўқымды бастым (И.Юсупов). Пахта терип жүрген жеринде хатты қайта-қайта оқып маўқын басты (Ө.Хожаниязов). Ал, талай көрдим Хамзаның өзин, Талай гүрриңлестим маўқымды басып (И.Юсупов).