МАЗА
Қарақалпақша
ат. 1. Дәм, татым.
Аўызыма пал салсам билинбес дәми.
Ҳасла мазасы жоқ бир зәҳәр балам (А.Дабылов).
Азан менен тайынланған шәулениң Жумамурат барындағыдай мазасы болмады (Т.Қайыпбергенов).
2. Пайыз, ләззет.
Ҳәй, ананың ызыңлысынан маза кетти ғой (Қ.Досанов).
3. Тынышлық, хәзлик.
Қызлардың алып мазасын, Ҳәкери таз тығып басын, Жөнли айдамай арбасын, Жолсыз жүрип кеткен екен (Бердақ).
0 Мазасы қашыў — бийжағдайланыў, кейипсизлениў, денсаўлығы кемиў, тынышсызланыў, кеўилсизлениў, қапаланыў.
Кеўлинде қапалық, мазасы қашып (Ә.Шамуратов).