МАЙДАЙ
Қарақалпақша
кел. 1. Жумсақ, жағымлы, ләззет беретуғын.
Күн қоңыр салқын, елпип майдай самал беттен желпип ләззет берип тур (Ө.Хожаниязов).
Кәўилди көтерип, зейин ашады, Елпип қағып ескен майдай самалы (Ж.Аймурзаев).
2. Май сыяқлы, майға усаған.
0 Майдай жағыў — рәҳәт бериў, ҳәз бериў.
Маған сениң ҳәр сөзиң майдай жағыш, усақлағыш.