МАЙДАЛАҚ
Қарақалпақша
ф. 1. Ири нәрселерди бөлеклеў, усақлаў, қыйқымлаў, бөлеклерге бөлиў, унтаў.
Ол үйине келсе Айшагүл отын майдалап атыр (Т.Қапыпбергенов).
2. Әстелеп айта бериў, сөйлей бериў, мыжыў.
Ғарры баланы жақлап майдалап сөйледи.
3. Әстелеп жүриў, гибиртиклеп жүриў, ақырынлап жүриў.
Оннан соң қәддин дүзеп «Таллық» дәрьясына қарай адымын майдалап басты (К.Султанов).