МАЙДАН
Қарақалпақша
ат. 1. Дүз, қула дүз, далаң.
Бул майданда сөз айтпайман бир өзим, Жеткейсең деп елатыма бул сөзим (Әтеш).
2. Ашық аспан, аспан, кеңислик.
3. Атызлық, ашықлық, кеңислик.
4. Аўыс. Гүрес, урыс.
Нәмәртлер кирсе майданға, Қашатуғын жерин гөзлер (Қ.Айымбетов).
5. Аўыс. Илим, билим, мәденият.
Жаңа аўыл болса мысал қаладай, Қызса гүрлеп мәденият майданы (И.Юсупов).
Ат шаўып оқы билим майданында, Бәйгиден озып келиң ел пырағы (С.Нурымбетов).
6. Аўыс. Мийнет, ҳәрекет, ис.
Ол материалын бирдей қызғын мийнет майданынан алып отырды (Г.Есемуратов).