МАСАҚ
Қарақалпақша
ат. Егинниң жыйналғаннан кейинги атызда қалған дәнли басы ҳәм басқа да дақыллардың қалдығы.
Жабанға дайыларың бетке бар, түйек айдарсаң, масақ терерсең, әйтеўир қыс азыққа қосент бир нәрсе таўып келерсең, — деди (Ә.Шамуратов).
Апам мени масақ терип жүрип атызда туўған (Ж.Аймурзаев).