МАҢЛАЙ
Қарақалпақша
ат. 1. Адамның бас мүшесиндеги көз бенен қастың үстиндеги шашқа дейинги аралық.
Баўырына басып аймалап, Маңдайынан сүйеди (Ж.Аймурзаев).
2. Тағдыр, ықбал, талай.
Сорлы маңдайдың кебири кететин ба еди? (Ө.Хожаниязов).
3. Алды, қарсы алды.
Самал қарсы маңдайынан ести.
Маңлай тер — миынет, еңбек.