МЕЛЛЕ
Қарақалпақша
кел. Ақ сур, көк сур, сурғылт, сарғыш, түссиз, өңсиз, өлпең, сарғылт, реңсиз, жумсақ.
Билсең меннен болғыл разы, Қалды изинде мелле тазы (Әжинияз).
Асты тахта, үсти тахта, ортасында мелле пахта (ққ.х.ж.).
Үстинде сары меллеси, Бир кулаш болып сәллеси (Бердақ).