МИЙИР
Қарақалпақша
ат. Жан-тәни менен берилгенлик, ғам, ғамхорлық, күтим.
Аналық мийири төгилип баласына қараған Ымысын (Қ.Досанов).
0 Мийири қаныў — шери тарқаў, қанаатланыў.
Мийнет етсең мийиринди қандырған, Нанлары шийриндей мазалы пахта (Ж.Аймурзаев).
Мийири қанбаў — шери тарқамаў.
Таң уйқысы рәҳәт, Уйқыласаң қанбас мийириң (И.Юсупов).