⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

МОЙЫН

Қарақалпақша

ат. Басты геўде менен байланыстырып туратуғын денениң бөлеги. 0 Мойнына алыў — бир нәрсени ислегенин, айтқанын, көргенин, билгенин өзи тастыйықлаў, қабыллаў. Мойны босаў — жумыстан қолы босаў. Мойнына қойыў — биреўдиң ис-ҳәрекетлерин, қылмысын тастыйықлап бериў. Мойнына салыў — бир нәрсени қайтып төлеўге уйгарыў. Мойын ортақ болыў — күш-көликти шериклесип жумсаў.