⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

МӘНИСИ

Қарақалпақша

ат. Мазмуны, маңызы, лийкини, дәреги, мәнжайы, жайы-жағдайы. Оқыған ҳәр сөзиниң өз алдына айрықша мәниси бар (Ө.Айжанов). Телеграфтың ағашын урып жүргениниң мәниси сол екен (М.Дәрибаев). Бундай бахытлы минутлардың мәнисине ол ўақытлары жете түсине алмадым, Қәдирин кейин ала биле басладым (Қ.Смамутов). 0 Мәнисин билиў — мазмунына түсиниў, лийкинин аңдаў. Қолдан кеткен жетим қыз, Мәнисин билсең қызыл гүл (Жийен жыраў).