НАЎРЫЗ
Қарақалпақша
ат. Шамсия жыл есабында жаңа жылдың биринши күни (ҳәзирги есап бойынша 21-мартқа туўра келеди).
0 Наўрыздың ақша қарындай — бәҳәрдеги, яғни март айында жаўған жумсақ қар.
Наўрыз байрамы — Ески сәне есабында жаңа жыл хәм бәҳәрдиң басланыўына байланыслы өткерилетуғын байрам.
Наўрыз гөже — Наўрыз байрамына байланыслы таярланатуғын тағам.