⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

НАМАЗ

Қарақалпақша

ат. дин. с. 1. Ислам дининдеги диншил адамның қудай алдындағы күнине бес ўақыт өтетуғын парызы. Усы аўылда меннен ерте турып намаз оқыйтуғын адам жоқ еди (Т.Қайыпбергенов). 2. Ислам дини дәстүринде өлген адамды жерлеў алдында оқылатуғын қуран. Намазына халық қалмай жыйналды, Қарақалпақ, қазағы да қыйналды (Әтеш). 0 Намазы қаза болыў — намаздың өз ўақтында оқылмай қалыўы. Намазы бузылыў — намаз оқылып атырғандағы басқа нәрселердиң тәсири тийиўинен ҳәм басқа нәрсе ойлағаннан намаз оқый алмаў, кесентлик, зыянлық. Намазға жығылыў — намаз оқый баслаў. Мусылманшылықта он еки жастан намазға жығылыў керек дейди (М.Нызанов). Бес ўақ намаз — ҳәр күнги оқылатуғын бес түрли намаз. Бес ўақ намаздан кейин Алладан сениң аманлығың тилейтуғыным (М.Нызанов). Ҳайыт намаз — ҳайыт байрамына байланыслы көпшиликтиң қатнасыўы менен оқылатуғын намаз. Жума намаз — жума күни жыйналысып көпшиликтиң оқыйтуғын намазы. Жыназа намаз — мархумды қойымшылыққа алып кетердеги оқылатуғын намаз.