⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

НАР

Қарақалпақша

ат. 1. Түйениң жалғыз өркешли түри, ҳасыл туқымлы ири түйе. Үстине әдден зыят жүк артылған нар орнынан турады (К.Султанов). 2. аўыс. Азамат, қарыўлы, күшли, батыр. — Ҳәй нарым-ай, алдыңды алла ашсын, — деди (Қ.Ирманов). 3. аўыс. Теректиң ямаса малдың үлкен түри. Анаў турған алмамекен, нармекен, Саясында жатқан бизиң ярмекен (ққ.х.қ.). 0 Нар қамыс — ири, жуўан, узын қамыс. Өркеш таўың усласып, Нар қамысың жарасып, Жаңарған елдиң сәнисең (К.Султанов). Нар жигит — күшли, батыр, қарыўлы жигит. Нар түйе — жалғыз өркешли үлкен түйе, түйениң үлкен түри. Нар түйеге жүк артты, Аўмасын деп жолларда, Қалмасын деп шөллерде, Арқан менен берк тартты («Алпамыс»). Нартеке — аўыс. Текениң ири, күшли, ҳасыл туқымы. Гүлдир-гүлдир силкинип, Нар текедей керилип, Қулағын тигип жәниўар, Төрт тәрепке қарады («Алпамыс»). Жүкти нар көтерер — аўыс. қыиыншылыққа, аўырманшылыққа шыдайтуғын адам.