⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

НАСЫБАЙ

Қарақалпақша

ат. Темекиниң майдаланған унтағы менен сексеўил ямаса жыңғылдың күлин араластырып, үстине суў тамызып араластырып, уўқалап исленетуғын нәшениң түри. Қәне, татыўласып насыбай атысып алың (К.Султанов). 0 Насыбай шақша — ишине насыбай салыў ушын қаңылтырдан, мыстан, ағаштан, қабақтан хәм басқа да нәрселерден иеленген арнаўлы ыдыс. Насыбай тостаған — насыбайды уўқалайтуғын арнаўлы ыдыс. Насыбай уўқалаў — темеки менен қүлди араластырып насыбай таярлаў. Насыбай атыў — насыбайды тилдиң астына салыў. Бир атым насыбай — тилдиң астына бир ғана рет салыўға болатуғын насыбай.