⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

НЕ II

Қарақалпақша

к. с. Сөз бенен сөзди, гәп пенен гәпти байланыстыратуғын ҳәм де «я» ның мәнисине тең келетуғын көмекши сөз. Аналық жүреги елжиреп Атажанның «жат» жерде не ишип, не жеп жүргенин есине түсиргени болмаса, халық қатарында бахытлы анасын қорғаўға кеткен улына ишинен мудамы ырза еди (Т.Қайыпбергенов). Яе билгени аўзыңда, билгенин ишинде сақламайтуғын, көп сөйлейтуғын, ҳақ көкирек адам. О Не билгени ишинде — билгенин ишинде сақлайтуғын, көп сөйлемейтуғын адам. Не билгени ишинде, кирип кетти үйине (Б.Қайыпназаров).