⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

НЫҚ

Қарақалпақша

кел. 1. Мықты, беккем, берик. 2. Тығыз, нығыз. Мойны куйып қойғандай, дуғыжым, нық, еки ийни теп-тең, булшық етлери бөлек-бөлек, палўан тамырлары сирескен, гилт-гилт қозғалады (Т.Қайыпбергенов). ф. Нық басыў — жай, асықпай, исенимли, берик басыў. Сийрек сақаллы, бийдай реңли, кишкене қысық көзли, сол омыраўында бир нәрсе бар сыяқлы ма, қалай, яғный жай басады, жай басса да нық басады (Ө.Айжанов). Нық дослық — шын, хақыйқат, айнымас дослық. Сениң атың — нық дослықтың символы, Кумар етип тилге алмас ким оны, Жаслайымнан жигериме бөленген, Жүрегимде атың менен жыр болып (Т.Сейтжанов). Нық муҳаббат — шын, ҳақыйқат, берилген муҳаббат. Нық муҳаббат жүрекке Эльбрустай орнасын (Т.Сейтжанов). Нық толыў — тығызланыў, нығызланыў. Нық таслаў — жай, асықпай нық басып жүриў, Адымларын нық таслап жүрди.