⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

НӘЗЕР

Қарақалпақша

ат. Кеўил, дыққат. Уғылжан кемпир... сус нәзерин төмен салып, көзлерин сүзип, қабақларын үйип, қартайған халына қарамастан, ...иззет пенен күтип алды (А.Бекимбетов). Кемпирдиң нәзери көтериңки, келбети қулпырып ынылдап қосық айтып атыр (К.Султанов). 0 Нәзер аўдарыў — кеўил аўдарыў, дыққат бөлиў. Айпарша-аў, усы сен өмиринде биреўди жақсы көрип пе един? — деп салдым, дым билмегендей бөтен жаққа нәзер аўдарып турып (Г.Изимбетов). Нәзерге алыў — а) кеўилге алыў, дыққат орайына алыў, ойға алыў. б) бет алыў, бағыт алыў. Ол қарық бетти нәзерге алып пахтаның иши менен жүрип кетти (Ө.Хожанов). «Хаў жер жутқан ба?» — таппады, «Айбелги»нин қумына нәзер алды (Т.Қайыпбергенов). Нәзерде тутылыў — дыққат орайында болыў, көзде тутылыў. Ондай адамлардың кемшилиги биринши жағынан дүзетилсин деген мақсет нәзерде тутылса,... (Т.Қайыпбергенов). Нәзерде туғыў — мақсетте тутыў, мақсет етиў, қойыў. Урыстың болғанлығынан пүткиллей хабарсыз екенлигин билдириўди нәзерде тутса керек (Г.Есемуратов). Нәзерин қайтарыў — ықласын қайтарыў, кеўилин қалдырыў. Қозымды сойып сени қондырмасам, нәзериңди қайтарып болмас сениң (Әжинияз). Нәзер етиў — бағыт етиў, сер салып қараў. Әйне намаз ўақтында Қаражан алдына нәзер етип қараса, ат кекили өрилди, абырайы қолдан берилди («Алпамыс»). Нәзер салыў — дыққат қойыў, кеўил бөлиў. Олар Шыныбийкенин көзқарасын аңламағаннан соң кейнинде киятырған қызлар менен Арзыўға нәзер салды (Ж.Аймурзаев). Нәзер таслаў — көз таслаў, қараў. Таў етегиндеги аўылдың үстине нәзер таслады («ЕҚ» ғ.).