⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

НӘЗИК

Қарақалпақша

кел. 1. Жиңишке, жип-жиңишке. Қолына салғаны алтыннан жүзик, Беллери соныңдай бир қысым нәзик (Әжинияз). 2. аўыс. Әлпайым, әлжуўаз. Нәзик, жағымлы бүлбил сеслери тыңдаған жанға йош, қуўаныш, ләззет береди. 0 Нәзик жол — қыйын, аўыр. Сыншы болыў аңсат емес билгенге, Китаптың жолы нәзик жүргенге (И.Юсупов). Қыздың жолы нәзик, оған адыр-будыр сөз айтыўға болмайды (М.Абдураимов).