ОБАЛ
Қарақалпақша
ат. дин. с. Ислам дининдеги Алла тааланың баратқан жанлы-жансыз дүньясына ислеғен қыянетти билдиретуғын саўап түсинигине қарама-қарсы уғымлар жыйнағы.
Қыянет, гүнә, зыян, жәбир, айып.
Обалдағай, шешеме обал болған екен (К.Султанов).
Бул жолда қарайды ким обалыңа, Жүргил жақты жолға алып бараман (И.Юсупов).
Қәйткенде де, шайырдың оқыўға тартымлы, қызықлы сюжетке қурылған 396 қатар усы қосығы «өгей» ге жорылып, кейинги басылымларда алып тасланғаны дым обал-ақ (М.Нызанов).
Жаныўардың обалына қаласаң (М.Нызанов).
Обалды — обалы бар шығар.
Өз шалғайы өзлеринен аўыспай, «Обалды» дэўге бир тили жуўыспай, ... (Г.Дәўлетова).
Обал болды — қыйын болды, қыянет болды.
Обалы мойныңа — биреўге қылған гүнә, қыянетиң, өз басыңа деген мәниде.
Обалы жоқ — сол керек еди, аяўдың кереги жоқ, тилегени сол еди, сыбағасын алды; Өз обалы өзине — обалы жоқ, өзинен көрсин, өзине өзи қылды.
Обалына қалды — қыянет етти, қәдирине жетпеди, жипә-жексиз айыплады, көз жасына қалды.
Обалынан қорықты — қыянет, гүнә ислемеди, Қудайдан қорықты.
Обалына не керек — жазықсыз жазықлы қылмаў керек; айыбы жоқ, қолынан келген жәрдемин берди деген мәниде.
Обалына не керек, ақшаны сытып алған менен бизден жасырып хеш нәрсеге жумсамайды (М.Нызанов).