ОДА
Қарақалпақша
(грек.
ode — қосық).
ат. Белгили бир ўақыяға ямаса адамға арналып, көбинесе мақтаў ҳәм көтермелеў түринде жазылған қосык.
XVII әсирде, классиңизм дәўиринде одаларға мәлим темалар берилди: ўатан, Қудай ҳәм гөззал ханымды салтанатлы көтермелеп мақтаў.
Одаларда мәмлекеттиң душпан үстинен ерисилген қахарманларша жеңислери сүўретленген, жаўынгерлер, сәркардалар, патшалар мақталған (газетадан).