⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОЗЫҚ

Қарақалпақша

кел. Алдынғы, алдағы, жүдә жақсы. Ийшан балаларға жуўап берген жоқ, озық егеде болған балаға, мениң орныма балаларға үйретип тур — деп кетип қалды (Қ.Айымбетов). Озық ойдың ошағысаң билгенге, Шамшырақ тас жанып турар иргенде (И.Юсупов). Дослық мийирим ушын кең қушақ ашқан, Бул заманда озық ақыл-зейинлер (И.Юсупов). Озық келиў — алда болыў, жетик болыў. Озық елди қуўып жетип озамыз биз ис пенен (Ж.Аймурзаев).