ОЙМА
Қарақалпақша
ат. Ойылып иеленген, ойып жасалған буйым.
Мойны суррыйған ойма сүўретти бокаллар көринди (Қ.Аралбаев).
Шашы да, сақалы да қудың пәриндей-аппақ, жибектей майда, еки иегинен төгилген сақалы селдиреп ойма жағалы көйлегиниң жағасын көкирегине дейин жаўып туратын болған (М.Нызанов).