⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОЙНАҚЛАЎ

Қарақалпақша

ф. Секирип-секирип жүру, ырғып-ырғып шабу. Ат ойнақлап қумға шығып кетеди (ққ.х.е.). Ағын судың әтирапында, Ойнақлайды қозы, ылақлар (Т.Мәтмуратов). Әтирапқа шекелеп қарар, Пәске түсип ойнақлап алар (Т.Мәтмуратов). Әрбир топардың алдында астындағы ойнақлаған атлардың жылаўын күш пенен тартып буйрық күтип турған тарханлар берген белгиден соң оң қанаттағы атлылар топары қозғалып ортаға шықты ... (К.Кәримов). 0 Ойнақлаған бузаў от басар — тыным таппаған адам бир бәлеге жолығады, бир дәкки жейди.