ОЙПАТ
Қарақалпақша
ат. Бийиклиги теңиз бетинен 200 метрден бәлент емес жерлер, ойпаң пәс жерлер, ой жер.
Сол жақта жайып салған мақпалдай жап-жасыл болып Хорезмниң ойпаты жатыр (Н.Дәуқараев).
Серпилдиң бе күн лайлаған жазынан, Туран ойпатына сыйсаң болмай ма? (Т.Мәтмуратов).
Иль дәрьясы ойпатынан шығысқа тартылған ески кәрўан жолға түсти (К.Кәримов).
Ойпатларда еле муз қатып атырған бир пайытларда сексеўиллер менен маялышлар көгис тартып олардың арасында көк шөплер қылтыйып көрине баслады (К.Каримов).