⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОЙРАН

Қарақалпақша

ат. Бүлик, бүликшилик, бүлиниў, қыйраў. Зәҳәрли қастыян қара жыланның ордаларын бузып ойран етермен (Омар). Түйеге ойна десең, бир танап жерди ойран етеди (ққ.х.н.). Бизге хүкимет өз мәкемелерине ойран салдырып қоя бере ме? (Ә.Пахратдинов). Отырар ойран болып, Қарнақтың халқы қырғынға ушыраған (Т.Қайыпбергенов). Бүркит қозыларды ойран қылады, Балам, сен бүркитке болмағыл ҳәўес (Т.Мәтмуратов).