⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОЛИМПИАДА

Қарақалпақша

ат. 1. Халықаралық олимпиада комитети тәрепинен ҳәр төрт жылда өткерилетуғын үлкен халықаралық заманагөй спорт жарыслары, олимпиада ойынлары. Дүнья жүзилик Олимпиада, Болады екен деп еситкенмен, Усы Батыс Германияда (М.Сейтниязов). 2. Оқыўшылар, студентлердиң қандай да бир пән ямаса көркем өнер тараўы бойынша жарысы, билимлерди сынаў бойынша танлаў. Биология пәни бойынша олимпиада. Биринши Халықаралық математиклер олимпиадасы 1959-жылда Руминияда 7 мәмлекет қатнасыўында болып өтти. Соңғы жылларда бул олимпиадаға 5 континенттен 100 ден артық мәмлекеттиклер қатнаспақта (газетадан).