ОМЫРЫЛЫЎ
Қарақалпақша
ф. Сыныў, бөлинип түсиў, бөлиниў, шорта сыныў.
Траншеяның берги шетиниң топырағы ишке омырылып қулады (Қ.Досанов).
Өйбей мына дигирман тас Шүкиржандики ғой, оның шети омырылып сынған еди (А.Бекимбетов).
Сол ушын басымызға қанша тас омырылып түссе де, көтериўге мәжбүрмиз (Т.Қайыпбергенов).
Күшли гүрилдиге аралас ағашлардың омырылып сынған даўыслары еситилди (М.Нызанов).