⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОН

Қарақалпақша

сан. Жүздиң оннан бир бөлеги, 10 саны ҳәм муғдар. Қулмурат болыс бизлерди каралаў ушын он гүўа адамды ақшаға жалдап алып келди (Қ.Ирманов). — Өзиниң он баҳасы менен он жыл шапқанда алатуғын байрағын ал (К.Көримов). — Яғ-ай, үш жүз бала он жылда оқыйды ма, жигирма жылда оқыйды ма... Онда да бул талант ийелерин халық тыңлап дем алыў ушын емес, ески, жоғалып баратырған мәденияттан жарлы экспонат сыпатында усынылар еди (М.Нызанов).