ОНДА I
Қарақалпақша
р. Олай болса, солай болса, демек.
Онда, өзиң өлимдар, үй-мүлкиң ғазналық, — деп Ҳәкимбай бақырып, көзин алартып қойған (ққ.х.е.).
Онда мениң хатыма неге жуўап жазбайсаң (Ө.Айжанов).
Жақсы онда кетейин, — деп тегин арқалайтуғы ныдысын алып Сержан далаға шықты (Т.Қайыпбергенов).
Онда ҳүкимет ҳәммени теп-тегис куртып жибереди, сонда көресең сүргин дегенди деди (Ә.Пахратдинов).
Хе-е, онда бул дөгеректи излеп ҳәлек болмай-ақ қой (М.Нызанов).
Өмир керек болмаса саған.
Онда тигип өлимге басты, Бар күшинди салып сол заман (М.Сейтниязов).