ОПАСЫЗЛЫҚ
Қарақалпақша
ат. Өз ўәдесинде турмаў; қыянет, садық емеслик, турақсызлық, исенимсизлик, еки жүзлилик, бийопалық.
Тап сол заматта Нурбай да кәз алдыма елеслеп, досқа опасызлық етпе.
Дәслеп өз мухаббатыңды сүй,... (Ө.Хожаниязов).
Жасыл жапырақ жамылған пахталар «Гүлсәнем, қайда барасаң, өз өмириңе опасызлық пенен қарама» — дегендей болып көринди (Ж.Аймурзаев).
Қәйдем, опасызлық етип жүрмесин, еле де бүйириңе ойласып көр (К.Султанов).