⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОПЕРАТОР

Қарақалпақша

ат. 1. Кәрханаларда белгили бир операцияларды орынлайтуғын қуралмады курылма ҳәм үскенелерди басқарыўшы қәниге. ЭЕМ операторы. Компьютер саўатханалығын үйретиў курсында оқып «ЭЕМ операторы» гүўалығын алган (газетадан). Әмелдеги тәртипке бола, телефон байланысы хызметлерин көрсетиў ушын пайдаланыўшылар телекоммуникация операторына шәртнама дузиў ушын арза береди (газетадан). 2. Кино-, теле- хәм видеофильмлерди сүўретке алыўшы қәниге, маман. Кинооператор — жақсылықтың экспрессив мүмкиншиликлерин билетуғын, плёнкалы үскене ҳәм оптикадан, сондай-ақ, жәрдемши камера үскенелеринен: арбашалар, кранлар, стедикамлар ҳәм басқалардан пайдаланыўды билетуғын қәниге (газетадан).