⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОПЕРЕТТА

Қарақалпақша

(итал. operetta — киши опера). 1. Қосық, аяқ ойын ҳәм сөйлесиў (диалог) аралас, комедия характериндеги музыкалы сахна шығармасы. Опереттада ария, ансамбль, хор сыяқды өзине тән опера формаларынан пайдаланылады, бирақ олар әдетте әпиўайы қосық-аяқ ойын характеринде даўам етеди. Вокал хәм хореографиялық номерлер опереттада ҳәрекетти раўажландырыў, дөретпе идеясын тастыйықлаў ушын хызмет етеди ҳәм драматургиялық жақтан өз ара байланысқан бир пүтинликти қурайды (газетадан). 2. Усындай шыгарма атқарылатуғын театр. Оперетта театры.