ОРАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бир зат пенен бүркеў, шандыў, байлаў, қаптаў.
Басымда хайўанқаслап ораған айдынлы түрме (К.Султанов).
Шалтық пенен көйлегимди басыма орадым да молланы қуўдым (Ж.Аймурзаев).
Қоллары менен басына ораған орамалының шашағын жинап түйистирди (А.Бекимбетов).
Басын ораған белбеўи менен бетин сыпырып, ол пулын жыйыстыра бастады (Ә.Шамуратов).
Еркеклердиң басына айдыллы түрме оратып, хайал ролинде қалай сахнаға шығарамыз? (К.Султанов).
2. Қоршаў, қамаў, шырмаў.
Тас кетеди ара-тура думалап, Уйытқып есип әтирапын қум орап (Т.Сейтжанов).
Көрмейсең бе өткендеги түксиз тақырлықты жасыл дөңген егистиклер орап алған (А.Бекимбетов).