ОРАЙ
Қарақалпақша
ат. 1. мат.
, физ.
Геометриялық фиғураның оқ сызықлары кесилисетуғын, мәселен, шар сыртының барлық ноқатларынан бирдей узақлыққа болған ноқат, геометриялық ямаса физикалық дәрежелердиң орта ноқаты.
Аўырлық орайы.
Эллипс орайы.
2. Халық жасайтуғын орынның қәкимшилик биналар, саўда қәм басқа мәкемелер жайласқан тийкарғы бөлими.
Қала орайындағы мектептен оқыўшылар жәрдемге келетуғын болды (Ө.Хожанов).
3. Қандай да бир қызмет тараўында тийкарғы жумыс алып барылатуғын, басқаратуғын мәкеме.
Қан кеселликлери бойынша орайға кел. Сол жақта онкологиялық орайға (М.Нызанов).
Себеби, Қумөзек ийшан медресеси Қарақум ийшан медресесинен бурын қуралған илим орайы болды (Ә.Пахратдинов).
Тил үйрениў орайы.
Педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин жетилистириў аймақлық орайы.
4. Пайтахт.
Нөкис — Қарақалпақстанның орайы.
Төрткүл орай болып ортадан... (И.Юсупов).
Район орайына қатнаўды алыссынып, басқа да бирли ярым балалар соған ерип жүрғен (Ш.Уснатдинов).
5. Қандай да бир нәрсениң тийкарғы, негизги, әҳмийетли бөлими.
6. Жоқарғы басқарыў, басшылық органы.
Орайдан көрсетпе алыў.
Ол апай жетписинши жыллары атакды пахтакеш болды, орайда өткен үлкен әнжуманларға делегат болып қатнасты (М.Нызанов).
7. физиол.
Нерв клеткаларының организмниң қандай да бир хызметин басқарыўшы белгили топары.
Ҳәрекет орайы, дем алыў орайы.
8. анат.
Төбе шаштың тамғаланып, дөңгелекленип өскен орны, айдар.
Анам айдарымды сыйпап отырып, «Үш орайың бар...» деп күлгени естеди.
Ол ойлаған: балам дәўранды сүрип, Қатара үш отаў тигер деп өссе (И.Юсупов).