⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОРАМ

Қарақалпақша

ат. 1. Байлам, бума, түйин, оралған зат. Ҳәтте, бул үйдиң дәскелерине шекем шылт жаңа болатын еди, енди қара, бир орам шыт-шүберек ғәҳәттей сезиледи (Ө.Хожаниязов). 2. Ийкем, қолай, рет, пайыт. Ис пәти қызса, күшейсе, исиңниң келер орамы. Жылды сезимдердиң орамында, Көңилимниң тоңын жыбыттым (Т.Мәтмуратов).