⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОРАҚШЫ I

Қарақалпақша

ат. 1. Орақ ишлеўши, егин ораўшы. Аўылға аман қайтқайсыз, балаларыңды қўантқайсыз, Душпанларды муңайтқайсыз, Хош аман бол, орақшылар (Күнхожа). Орақшының жаманы орақтаңлайды (ққ.х.н.). Сонда мен өзимди киммен десем де, жаңалық айтқан болмайман ғой. Я орақшы, масақшы атанаман (Т.Қайыпбергенов). 2. Орақ истейтин уста, орақ соғатын қаниғе адам. Оның атасы аўылға белгили орақшы уста еди (газетадан).