⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОРТАНШЫ

Қарақалпақша

кел. Үшеўдиң ортаншысы, үшеўдин ортасындағы, арадағы. Үлкениниң аты Есен, ортаншысы Үсен, ең кишисин Асан-Генже деп атайды екен (Қ.Айымбетов). Ол бизге ағайин ашамайды, ана қайнағаның ортаншы қызы (К.Султанов). Ортаншысы Жийемурат көзи аларып, тынысы тарылып отыр (М.Дәрибаев). Алдын қатардан қалғанына намысланып жүрсе ортаншы ул әке-шешесине көнбесликке илажы жоқ еди (К.Көримов).