ОРФОГРАФИЯ
Қарақалпақша
(грек, orthos — туўры + грек.
grapho — жазаман).
ат. линғв.
Сөзлерди дурыс жазыў ҳаққындағы қағыйдалар; имла.
Орфография сөзлердеги даўыслы хәм даўыссыз сеслердиң, түбир хәм қосымталардың, көмекши хәм қоспа сөзлердиң бир қыйлы дурыс жазылыўы хаққындағы, өткерме ҳәм бас ҳәриплердин дурыс қоллынылыўы туўралы қағыйдалардың жыйнағы (А.Дәўлетов).