⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОРЫНБАСАР

Қарақалпақша

ат. 1. Қандай да бир инсанның исин даўам еттиретуғын, келешекте орнын ийелейтуғын адам, шәкирт. Булар мениң орынбасарларым. 2. Мәкеме баслығының ўазыйпасын орынлаў ҳуқықына ийе болған рәсмий жәрдемши, көмекши. Ол ким десең орынбасар, жуўапкерсиз ҳәдден асар (С.Нурымбетов). Мен Москвада министрдиң орынбасарында болдым (А.Бекимбетов). Айырым районларда қәкимниң орынбасарлары ушын котеж жайлары салынған деп еситтим (М.Нызанов). — Маған «Металлострой» трести басқарыўшысының орынбасары лаўазымы берилди, — дейди ол (А.Султанов).