⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОРЫНЛАЎ

Қарақалпақша

ф. Белгили бир исти иске асырыў, жүзеге асырыў, атқарыў, питкериў. Тапсырмаңды орынлаўға булжытпай таяр турман (Б.Қайыпназаров). Жыллы сөйлеп бир жумыс буйырса, күн-түн деместен орынлаўға тырысаман (Ж.Аймурзаев). Не айтса соны орынлады (М.Нызанов). Оның мәсләҳәтин ҳәм көрсетпелерин булжытпай орынлап, үлкен-үлкен ислерди әмелге асырып атырған ҳәкимимизге де жүдә кеўлимиз толып атыр (М.Нызанов). Оның ҳәмирин орынлайтуғын бес-алты шопанлары бар (К.Кәримов).