⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОРЫС

Қарақалпақша

ат. Рус адамы, Россияниң жергиликли халқы. Сизлерди орыслар оқыта ма? (Н.Дәуқараев). — Хаялыңыз орыс па еди? (М.Нызанов). 2. Бир сыпырамыз орыс пуқарасы болып тиккелей ақ патшаға қарадық (Ә.Пахратдинов). — Орыс қыз әкеятыр! (М.Нызанов). Ол жердеги орыс төрелер менен ханымлар да қаўынның дәмин билген көринеди (К.Кәримов). Орыс патшалығы менен Хийўа ханы басқарып турған сол жыллары Асфандиярханның зулымлығы халыққа жүдә батты (Ш.Уснатдинов). Буйрықпазлық көрсетип, қаншама тәкирлегени менен Түркистандағы орыс администрациясы да буған таяр емес (А.Султанов). Орыс, өзбек хәм басқа да, Көп билимли халықлар бар (И.Юсупов).