⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОСМА

Қарақалпақша

ат. 1. Узын созыңқы тойғын жасыл жапырақлы, атанақ гүллилер туўысына тийисли еки жыллық от тәризли өсимлик. 2. Усындай өсимликтиң жапырағынан сығып алынып, қас хәм кирпиклерди бояў ушын пайдаланылатуғын қара-жасыл реңли суйықлық. Сонда оның қаслары тап мудамы осма жағып қойғандай қыйылып туратуғынын айтпайсаң ба? (Н.Дәўқараев).